Қәнигелиги бойынша  эколог болған жас изертлеўши    Севара Рустамова    Қарақалпақстан шараятында   Хлорелла биотехнологиясын жетилистириўди жолға қойды. 
          Мағлыўмат орнында айтып өтетуғын болсақ,   хлорелла көп ғана пайдалы  қәсийетлерге ийе болған  бир клеткалы суў өсимлик шөби  болып есапланады. Оның  тийкарғы мәканы көллер  есапланады. Тилекке карсы, Арал теңизиниң суўының  қурып кетиўи менен   көллердиң  жоқ болып кеткенлиги себепли бул өсимлик 10 жылдан аслам ўақыттан берли Қарақалпақстан жерлеринде дерлик  ушыраспады. 
          Хлорелла жасыл тиришиликти жанландырыўшы клетка. Оның  клеткаларында 23 аминокислоталар бар болып,  хлорелла макро ҳәм микро  витаминлерге, сондай ак, каротинге бай  болып есапланады.    Хлорелла жетистириў ушын ҳәўиз суўы, ағын суў ҳәм қудық суўларынан пайдаланыў мумкин. 
         хл 2.jpg 

          2023 – жыл 30 – март кунги Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиеев аймақлардың социаллық  - экономикалық раўажланыўы менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасына болған сапары даўамында Нөкис технопаркинде жаслардың инновациялық жойбарлары менен танысқән еди.  Ҳурметли Президентимиз бул жойбарларды қаржылай қоллап – қуўатлаў, әмелиятқа кеңнен енгизиў бойынша республика басшыларына  тапсырма берген еди. Усы тапсырманы орынлаў мақсетинде     Севара Рустамованың        Қарақалпақстан шараятында «Хлорелла вулгарис» өсимлигин интенсив көбейттириў ҳәм аўыл хожалығында қоллаў,  жантақ ҳәм қамыстан пайдаланған ҳалда гидропоника  усылында таярланған өним тийкарында шарўашылық, балықшылық ҳәм қусшылық хожалықлары  ушын инновациялық жем ислеп шығарыў жойбары,   Илим – панди раўажландырыў ҳәм инновацияларды қоллап – қуўатлаў фонды тәрепинен қоллап – қуўатланып,        улыўма    баҳасы  1 миллиард 500 миллион сумлық  қаржы  ажыратылды.   Соның менен бирге,     усы организмди толық уйрениў ҳәм жетилистириўи ушын   Такыятас районы «Найман»  пуқаралар жыйыны аймағынан  3,8 гектар жер майданы ажыратылды.  Бугинги кунде Тақыятас районындағы 6 көлде    ағын суў ҳәм ҳаўаны тазалайтугын бир клеткалы суў отлары көбейттирилмекте. Севара бугинги кунде   Тақыятас ыссылық электр станциясынан  шығатуғын   шығынды суўды тазалаў ушын  хлорелладан пайдаланыў имканиятын жаратты. Себеби   хлорелла  төмен дэрежели суўдың  ишинде  жасыл азықландырыўшы орнын баса алады. 

хл 3.jpg
         Жас инноватор   хлорелланы  тәбият жан куйери деп есаплайды. Севара     суў өсимлиги  жәрдеминде аўыл хожалығында жаңа инновациялық усыллардан интенсив турде  пайдаланыў  жойбарын ислеп шықты.  Бул жойбар  ушын       Аралды қутқарыў халық аралық қоры атқарыў комитети Нөкис филиалы тәрепинен 1 миллиард 500 миллион сумлық қаржы ажыратылып,    «Bio organic export products» жәмийети негизинде    органикалық лаборотория иске тусирилди. Хлорелланың аналық клеткасын  жетилистириўши     бул  органикалық лабораторияда  айына 25 – 30 тонна хлорелла суспензиясы интенсив усылда жетистирилмекте.    
         Хлорелла топырақ өнимдарлығын асырыў ҳәм зәҳэрли химиялық элементлер ҳәм зыянкеслердиң алдын алыўда   көплеген  абзаллықларға ийе. Сондай ақ, бул  суў өсимлигин    аўыл хожалығы егинлерин жетистириўде органикалық биостимулятор сыпатында пайдаланыў мумкин екенлиги илимий жактан далийлленген.  Хлорелла - биологиялық тазалаў қәсийетине ийе болып,  жабық  экосистемаларда ҳаўаны қайта тиклеў ҳәм суўдың патасланыўына тоскынлық етиўши фитосинтез сыпатында да  кең қолланылады. Демек,  хлорелла    балықшылық хожалықлары ушын да бираз пайдалы.   Балықшылықта хлорелла суспензиясынан пайдаланыў натийжесинде  азық – аўқат тәмийнатын кушейттириў ҳәм балықтың иммунитетин асырыў арқалы көплеген  кеселликлердин алды алынады. Егерде,  хлорелла тийкарында жаратылған препарат шарўа азықлығына қосылса,  гөш ҳәм сут өнимдарлығы бираз артады.

хл 1.jpg

         Хлорелла-  инсан саламатлығы ушын да оғада пайдалы болып, инсан организминдеги токсинлерди алып таслап, көплеген патологиялық жағдайлардың алдын алады.  Усы суў оты инсанның  турли инфекцияларға қарсы иммунтитетин асырады.  Хлорелла қурамындағы лютеин ҳәм зеаксантин көз нурын жақсылаўға, көз шаршаўларын кемейттириўде, зыянлы ултранурланыўдан корғаўға жәрдем береди.            Севара Рустамова басқарған «Жас алымлар академиясы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети ағзалары          инсаниятты экологиялық  қәўиптен қорғаўға  хызмет етпекте.  Шорланыў ҳәм қурғақшылық  жер бетин аяўсыз  ийелип атырған бир дәўирде,   Қарақалпақстанлы жас алымлар  экологиялық машқалаға  бийпарўа болмастан,  тәбийий ҳәм инновациялық  жол менен шешим табыўға өзлериниң улеслерин қоспакта.