Халықаралық Аралды қутқарыў қоры аткарыў комитетиниң Нөкис филиалы ҳәм Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасы жоқары оқыў орынлары студентлери арасында «АРАЛБОЙЫ АЙМАҒЫН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎДА ИННОВАЦИОН ШЕШИМЛЕР» атамасындағы ең жақсы инновацион идея танлаўды ашық деп жариялаймыз.
Ең жақсы жойбар ийелерин пуллы сыйлықлар күтпекте
1-орын ушын – 10 000 000 сум
2-орын ушын - 5 000 000 сум
3-орын ушын - 3 000 000 сум
ҳәмде басқада қосымша қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады
Танлаў шәртлери
1) Жойбарыңыз атамасы
2) Жойбар мақсети
3) Жойбар мақсетине жетиў ушын әмелге асырылатуғын қәдемлер
4) Жойбар әмелге асырылыўы менен ерисилетуғын нәтийже
5) Жойбарыңызды слайд көринисинде (Powerpoint) 10 беттен кем болмаўы керек
Танлаўға қатнасыў ушын оқып атырған факултетиңиз деканатына мүрәжат етиң
Таңлаў 2023-жылы 10-марттан 21-апрел аралығында 2 басқышта өткериледи.
1-Басқыш: ҳәр бир жоқары окыў орнынан ең жақсы иновация идеялары менен катнасқан 3 студенттен таңлап алынып финал басқышына жоллама алады.
2-Басқыш: ҳәр бир жоқары орнынан таңлап алынған студентлер усы жылы 20-21 апрел сәнесинде Мойнақ районы «Ак кеме» балалар дем алыў орайында болып өтетуғын финал басқышында катнасыў имканиятына йие болады.
Финал басқышында женимпаз болған студентлер Халықаралық Аралды қутқарыў қоры аткарыў комитетинин Нөкис филиалы тәрепинен мунасип таризде сыйлықланады.